30Sep-2026
1-октябрь – “Муғаллимлер ҳәм устазлар күни” мүнәсибети менен “Сизден басланады тийкарғы ойлаў”
1-октябрь – “Муғаллимлер ҳәм устазлар күни” мүнәсибети менен Мәлимлеме-китапхана орайында муғаллим ҳәм устазлардың жәмийетлик турмыстағы орны, пидайы мийнети ҳәм жас әўладтың тәрбиясына қосып атырған үлесин кеңнен үгит-нәсиятлаўға қаратылған “Сизден басланады тийкарғы ойлаў” атамасында сүўретли көргизбе шөлкемлестирилди. Көргизбеден устаз ҳәм тренерлерге бағышланған ҳәр қыйлы мақалалар, китаплар, дәўирлик басылымлар, фотосүўретлер ҳәм руўхый-ағартыўшылық материаллар орын алды. Онда халқымыздың ағартыўшы зыялылары, пидайы педагоглары ҳәм тәлим-тәрбия тараўында нәтийжели жумыс алып барған устазлардың өмири ҳәм дөретиўшилигине байланыслы мағлыўматлар көрсетилди. Бул китап көргизбеси кең китапқумарлар қатламына мөлшерленген.
