18Jun-2026
китапханаға саяхат
#китапханаға_саяхат
Жер жүзиндеги көпшилик адамлар ушын китап деген сөз бос сөз емес. Оның жәрдеминде инсан өз руўхы ҳәм санасын раўажландырады, қәдириятлары ҳәм көзқарасын қәлиплестиреди, арзыў-әрман етеди. Китапхана – бул китаплар үйи. Бул жерде китаплар жасайды ҳәм өз-ара дос болады. Ең әпиўайы түсиникте китаплар сақланатуғын орын. “Китапхана” сөзи грек тилинен алынган болып, сөзбе-сөз “китапхана” деген мәнисти анлатады. 99950 -санлы әскерий хызметкерлер ушын китапханашы кәсиби менен танысыў ҳәм китапқа қызығыўшылықты қәлиплестириў мақсетинде “Китапханаға хош келдиңиз!” атамасында экскурсия шөлкемлестирилди. Китапхана хызметкерлери әскерлерди қызғын күтип алып, китап дүнясына қызықлы саяхат етиўди усыныс етти. Саяхат китапхананың абонемент бөлиминен басланды. Әскерлеримиз әйне усы бөлим пайдаланыушыларға хызмет көрсетиў, мағлыўматларды таңлаўда мәсләҳәт жәрдемин көрсетиў, ҳәр қыйлы талғам жастағылар ушын мөлшерленген универсал китап фондын өз ишине алғанлығын билип алды. Мине, усы бөлимде үйге китап берилетуғынлығын түсиндирди хәм китап фондымызға саяхат шөлкемлестирилди.

