12Mar-2026
ҚЫЗ БИЙЛИК ЕТКЕН ҮЙГЕ ТҮСКЕН КЕЛИН- СҮТКЕ ТИЙГЕН ПЫШЫҚТАЙ
<<ҚЫЗ БИЙЛИК ЕТКЕН ҮЙГЕ ТҮСКЕН КЕЛИН – СҮТКЕ ТИЙГЕН ПЫШЫҚТАЙ>>
Мен бул сөзлер арқалы көпке топырақ шашпақшы емеспен. Тилекке қарсы, турмысымызда сондай жағдайлар ушырасып турады. Бундай қызларды үш тайпа деймиз бе, топар деймиз бе бөлип қараў мүмкин:
а) Шаңарақты басқарған қыз әдиллик тәрепдары, сол үйдеги ҳәмме жасаўшының кеўлинде не бар, қандай машқаласының шешими табылмай атыр, бәрине әдалат тәрепдары болып, тәрезиниң тең салмақлылығын сақлап тура алады.
б) Үйде өзинен басқа бас көтерер адам болмай, бири аўырыў, бири қартайған, бири мийнетке жарамсыз болған жағдайда қыз илажсыз “басшылық” орынға көтериледи, шамасының келгенинше үйдегилердиң жағдайын жасайды.
в) Ал, усы үшинши топардағы қызларды нағыз “гестапо” деп атаў мүмкин. Бундайлар тең салмақлылықты сақлай алмайды, олардың кеўлинде тек “кеше келген қатын бийлеп кетпесин”_,-деген тар мәнистеги түсиниклер менен басқарады, ямаса сол үйдиң азлы-көпли дүньясын қызғанып:-“мынаў төркинине тасып жүре ме”,–деген пасық гүманлар ишин тырналап, келген келинди басын көтерип сөйлей алмайтуғын тутымды қолланады.
Бундай да АНА пақыр ақыллы, тереңнен ойлап билетуғын болса не жақсы! Бирақ, мынадай қызды тәрбиялаған АНА пақыр аяқ астынан қалай бирден ақыллы бола қойсын, ол да сол шонтық ақыл менен қызының исин қоллап кетсе, Алла бәрекелла! Дадыңды кимге айтасаң, қасыңдағы “сүмелек байыңның” да сықылы анаў, анасынан, туўысқанынан асып түсип атырған ҳештеңеси жоқ, нағыз “абыйға-бабый”.Тап усындайлар “өзлери билмегени менен турмай, билгенлердиң ақылын алмайды”.Усындай қызғаншақ, гүманшыл, өзимшил, менмен (және қандай сөз бар еди!?) қызлар басқарған шаңарақта күнде урыс, күнде даў! Я шешилип тым-тырс болып қалмайды, я ҳәр қайсысы ҳәр жаққа тарап та кетпейди.Келин төркинине кетиўди биледи:–“қой шыдасайын, бир жақсылығы болар”,-деп тисин-тисине қояды. Оны ана “гестапо” қыз “төркинине де сыймайды”,–деп және жаңа өнерлер шығарады.
Ал, ойлап қараң: келинниң сөзин сөйлейтуғын адам жоқ, ананы да мынандай минези менен дәрриў бай ала қоймайды. Келинниң қызықлы, өз зайыбы менен ойнап-күлип, барға шүкир етип жасайтуғын бахытлы өмири қашан келеди!? Сол күнлерди күтип жүрип ЕНЕ деген шаңарақ АНА сына, ОТАҒАСЫ деген анаў сүмелек байға кеўли суўып та кетеди аў!!!