11Feb-2026
Жаслығым, сен мени таслап барасаң Халила ДӘЎЛЕТНАЗАРОВ
Жаслығым, сен мени таслап барасаң
Муҳаббат ҳақкында бираз жырларым,
Жыр емес, ол мениң жүрек сырларым,
Алынар ўақ келди гүллер қырманын,
Жаслығым, сен мени таслап барасаң!
Аты-жөним қосық пенен тарады,
Бираз қызлар қызығып-ақ карады,
Бүгин олар қыя бақпай барады,
Кеўлиңде бир гийне сақлап барасаң!
Сени ойлай берип кеўлим езилди,
Саған айталдым ба айтар сөзимди?
Шадлықка паянсыз муңлы көзимди,
Жангенем, сен бүгин жаслап барасаң!
Табалдым ба кеўлим аңсаған ярды,
Әрманлаў менен-ақ шашым ағарды,
Жүрек гүз паслынан тапты хабарды,
Жаслығым, сен мени таслап барасаң.
Халила ДӘЎЛЕТНАЗАРОВ