05Feb-2026
Ана муҳаббаты
Ана муҳаббаты
Қолы менен маңлайымды сыйпаған,
Жибериўге көзи мени қыймаған,
Жылап-жылап қанасына сыймаған,
Ананың дийдары тартты да турды.
От ишинде сақлағай деп пахтаны,
Балам аман қайтқай да деп айтқаны,
Қолын былғап үйге қарай қайтқаны,
Анамды еслетип жаңлады турды.
Ҳеш болмаса жумсамадым келин, деп,
Ана кеўли балада- ғой билиң деп,
Жеңис пенен аўылға тез келиң, деп,
Анамның айтқаны жаңлады турды.
Мени излеп палкерлерге табынып,
Күни- түни балам-аў, деп аҳ урып.
Қапалықтан көзи көрмей қапылып,
Жүрген жолларымды жаслады турды.
Душпан оғы шийнелимди тессе де,
Жан- жағымнан зуўлап өтип кетсе де,
Гейбиреўи қаңғып келип тийсе де,
Ана муҳаббаты сақлады турды.
14-15- бетлер.
Қалый Жуманиязов.
Жыллар, жырлар
(Қосықлар ҳәм поэма) китабынан
51-бет.