01Dec-2025
КЕЛИҢ СӨЙЛЕСЕЙИК ҚАРАҚАЛПАҚША
КЕЛИҢ СӨЙЛЕСЕЙИК ҚАРАҚАЛПАҚША
Басқа тил дүньяда, орын алсада.
Орталық тил болып, даңқын жайсада,
Қарағанша сен оларға тамсана…
Заманласым сөйле қарақалпақша!
Бизге өзбек тили жақын болса да,
Қазақ тилге сөз уйқасы қонса да,
Туркий тиллер бәри уқсап турсада,
Заманласым сөйле қарақалпақша!
Неге десең, бул тилде, намысым бар.
Ата анам,Тууысқаным, , танысым бар,
Қаныма қарыстырған анам хәййиуи
Қарақалпақ тиллерине муяссар!
Ана тилди таза етип сөйлеңлер,
Басқа тилге араласып жүрмеңлер,
Кешир мени ана тилим деп ертең…
Күлки болып, келешекке күймеңлер
Отыз алты жыл болды, бийлик алғанға!
Қууандым өзиңе арнау жазғанға,
Не жетеди өз тилиңде қутлықлап…
Тил байрамы мубарек деп турғанға,
Б. Айтмуратова.
Қоңырат.
Мойнақ районы Мәлимлеме-китапхана орайы жәмааты 1-декабрь Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилген куниниң 36 жыллығы менен шын кеуилден қутлықлайды.