15Aug-2025
Талантлы жазыушы Узақбай Пиржановтың бул повестиниң жазылғанына сәл кем елиу жыл болды. Шығармадағы еки жастың бирге өткен балалығы өзлери сезбеген халда мухаббатқа айланды. Жас жүреклерден қайнап шыққан мухаббат кимди болса да тебирендирмей қалмайды. Әсиресе, Алмагүлдиң аянышлы тәғдири жүрек бауырыңды елжиретип жибереди. Бул повестьтиң оқыушылары қайсы дәуирде де көп болатуғынына исенимимиз кәмил.