21Jun-2025
“Ақ кеме” жазғы дема алыу орайы
Мойнақ районы Мәлимлеме-китапхана орайы хызметкерлери “Ақ кеме” жазғы дема алыу орайындағы балалар арасында қызықлы хәм мәнили кеуил ашар ойын шөлкемлестирди. Ойынымыз мақсети оқыушылардың билимин, пикирин,тусинигин анықлау. Ойын темасы “Уатан” деп қойылды хәм ақ қағазға оқыушыларымыз бир сөзбен уатан сөзин кең жеткизиу керек. Оқыушыларымыз тусинген халда ойынға қызығып кирисип жазып баслады. Кейин жазғанларын тусиндирип өтти. Мысалы “Ана” деген сөзди жазған оқыушымыз Уатан бул- Ана Уатан, өз анаңды қалай қатты жақсы көрсең, қалай қатты сағынсаң уатанды да солай сағынасаң, Уатан анам киби әзиз деди.
