21Jun-2025
Бердақ шайыр менен Əжинияз шайырдың айтысы
Бердақ шайыр менен Əжинияз шайырдың айтысы
Бир күни Ерназар аталық, Əдил аталық деген өз заманының көзге көринген адамлары Шымбайда Дәўлет пушықтың үйинде отыр екен. Булардың үстинде Бердақта бар екен. Сол жерде отырғанлардың биреўи қалаға Əжинияз ахунның келгенлигин айтады. Отырған аталықлар буны еситип:
– Бул еки шайырды айтыстырып, тамашасын көрейик, – десип, бир адамды Əжиниязды мирәт етиўге жиберипти.
Жиберген адамы көп узамай сол жерге Əжинияз ахунды алып келеди. Əжинияз келгенлер менен аманлық сорасып болып:
– Бүгин Шымбайға базарлап келип едим, сизлер шықырып атыр деген соң келип турғаным, – депти.
Сонда аталықлар:
– Сиз атыңыз көп жерлерге тараған белгили адамсыз. Сизди Бердақ шайыр менен таныстырып, тамаша көрейик деп шақыртып едик, – дейди. – Бердақ шайырды менде еситетуғын едим. Усы отырғанлардың ишинде қайсысы Бердақ бала? – деп сорапты Əжинияз.
– Мине мынаў отырған бала, – деп, олар Бердақ шайырды көрсетеди.
Əжинияз Бердаққа қараса, бала айтысыўға жүдә қумар болып отырған екен. Сонда Əжинияз ахун Бердаққа қарап турып:
– Қәне, аталықлардың бул сөзине не дейсең? Айтысағойсақпекен? – деп сорайды.
– Жақсы аға, бир майдан тамаша берейик, – депти Бердақ.
Сол ўақытта Əжинияз ахун турып:
– Қой, иним, булар еки ийтти таластырып тамашасына қарағандай етежақ бизлерди, – дейди.
Бердақ сөз мәнисин түсинип, дым үндемепти.
Сөйтип Əжинияз орнынан турып:
– Ал енди, аталықлар, жумысларыңыз питсе, бизлер қайтамыз, – деп кетип қалыпты.
Əжинияз елине барғаннан кейин ҳаялының ағасы молла Ибадулла деген киси:
– Неге Бердақ пенен айтыспадың? – деп сорайды.
Сонда Əжинияз:
– Егер де мен айтысып араб-парсы сөзлери менен араластырып қосық шығарғанымда, ол түсинбей қалады. Соның ушын мен оны қысындырмайын деген ой менен айтыспадым, – деп жуўап берипти.
