12Jun-2025
ҚУРҚЫЛТАЙ~ҚӘСИЙЕТЛИ ҚУС»
Үлкемиздиң тәбияты өзине тән аң~қуслары хәм өсимликлери менен өзгешеленеди. Соған қарамастан, гейпара уақытларда елимиздиң қандай аң~қуслары барлығын, олардың адамға, қоршаған орталыққа қандай пайда тийгизетуғынын хәзирги жасларымыз биле бермейди. Елимиздиң тәбияты онда жасаушы аң~қуслары, өскен хәр бир гия-шөп бизиң тиршилигимиздиң бир бөлеги. Солардың ишинде онша көзге түсе бермейтуғын, бийазар қус-қурқылтай хаққында айтып өтпекшимиз. Қурқылтай~қәсийетли қус. Ол уясын аң~қус көп болатуғын қалың тоғайлыққа емес, қәуип-қәтер азлау тоғайдағы бийиклеу ағаштың уша басындағы путағына силекейи менен араластырып, тоқып “илдиреди”. Беккем бекитетуғынлығы сонша, неше дауыл, самалларда тербелсе де жерге түспейди. Оған адам түуе, жорғалаған жыланда жете алмайды. Өйткени жылан қанша жармасса да путақтың ийилгишлигинен жерге сырғанап түсип кетеди. Айырым дереклерде қурқылтайдың уясы хаққында, оның адамзатқа тийгизетуғын пайдасы тууралы төмендегише мағлыуматлар бериледи:
~Шаңараққа ырыс, ерли-зайыплыларға татыулық, ауыз биршилик сыйлайды;~Қурқылтайдың уясы 80 түрли ауырыуға ем:
а) простатит, бедеулик, цистит, жатырдың аязлауы, ер адамлардағы белсизлик сыяқлы сууық тийип ауырған хәм басқа жағдайлардағы ауырыуларға көмек береди;
б) кишкене дәрети турмайтуғын балаларды емлеу ушын да пайдалы;
в) бүйрек ауырыуына ем, бүйреги аязлап ауырған, ямаса қум-дуз жыйланған ауырыуларға да емлик қәсийетке ийе. Буның ушын бир уяны ортасынан екиге бөлип, оны еки бүйрекке таңып жатады, сыртынан жыллы орап қойған мақул. Бир уяны 3,4 рет пайдалана бериуге болады;
г)жатыр жарығы (паховая грыжа) болғанда уяны майдалап түтип(керегинше алыу керек)түтетип,түтине булау есабында отырады,жыллы оранып отырған абзал хәм соңынан периз тутқандай,өзин күтип услауы керек.
д)кишкене балалар дәретин услай алмайтуғын болған уақытта оларға да түтини,ямаса ыссы сууға қурқылтайдың уясынан азғана түтип салып,соның пууына отырғызыу керек,күйип қалмастай болыуын қарастырған дурыс.Ол емди алған соң аязламау керек.Дурысы,қәлеген емди илажы болса,майдың 15-нен арғы жағына қарап ислеген дурыс.
Және бир ескерте кететуғын нәрсе,уяны түтеткенде азлап әдираспан қосқан дурыс,түтинге 15 минут шамасы отырылады,2,3 рет усы емди ислеу керек.
е)гейде дәрет жолы байланыу болғанда да емниң усы түри пайда береди;
ж)Дизеде,бууынларда,желкеде дуз пайда болса,сары суу жыйланыу,аяқ бууынларының исиниуи,сүйектиң қақсауы сыяқлы ауырыуларда жаңа орылған бийдай сабағы менен қурқылтайдың уясының аз ғана бөлегин сууға қайнатып,быламық тәризде қоспа таярлап,сол быламыққа ауырған дизе яки басқа ағзаны басып отырады.Усындай қоспаны азырақ мөлшерде жасап,қалыңлау тауарға салып,еки дизеге,желкеге таңып қойыуға болады.Қаны қойыу,уйып қала беретуғын адамларға,радикулит,остреохондрозда да усы әмеллер исленеди;
Қурқылтайдың уясын алыу ушын нелерди билиу керек:
~Уяны палапанлары қанатланып,ушып кеткен соң,гүзде алыу керек;
~Уя 6,7 метр бийиклеу жерде болады;
~Уяны алардан алдын,қураннан бир сүре оқып алған дурыс, себеби, ол уяны ийгиликли иске жумсау ушын аласаң;
~Бул қусқа зыян тийгизиуден сақ болған дурыс, себеби, қурқылтай~кийели қус. Үйде балаларға елимиз тәбияты, аң~қуслары тууралы билгениңизди айтып, оларға зыян тийгизбеу, ғамхорлық жасауға бағдарлап отырған дурыс. Тууылған үлкемиздиң тәбияты, онда жасаушы тиришилик ийелери, шөп-шары ~бизиң байлығымыз, олардан орны менен пайдалана билген дурыс.
![]() |
![]() |

