02Jun-2025
| 1-июнь – Халықаралық балаларды қорғаў күни. Балалар – келешегимиз ийелери, баслаған жумысларымыздың даўамшылары, тынышлық тымсалы. Олардың бахытлы болыўы ушын ҳәр бир ата-ана ҳеш нәрсени аямайды. Жаз мәўсиминиң дәслепки күни дүньяның көпшилик мәмлекетлеринде балаларды қорғаў күни сыпатында байрамланады. Бул күни ең жақсы тилеклер балалар мәнзилине жолланады. Солай екен Қәдирданларым бәршеңиздиң перзентлеримиз алдыңызда аман саў-саламат болғай, перзентлеримиздиң бахытлы күнин көрип жүре бергейсизлер!!! Мәлимлеме-китапхана орайында 1-июнь Халықаралық балаларды қорғау куни мунәсебети менен “Жийемуратова Салтанат” атындағы балалар бақшасының байрам кешесине мәлимлеме-китапхана орайы хызметкерлериде мийманда болып, концерт бағдарламаларын тамашалады хәм соңында китапхана тәрепинен жас нәушелерге жақсы тилеклерин билдирип, сауғалар тапсырылды. |
![]() |
