14May-2025
Базарбай Сейтаев “Туран жолбарысы” атлы қосығы

Туран жолбарысы
Базарбай Сейтаев
1946-жылы соңғы Туран жолбарысы атылып, ол Ерназар Алакөздиң қәбириниң басына барып өлген екен…
Сестинен ҳаўлығып қарақулақтың,
Адасқан жолаўшы дегбирден састы,
Мақтанышы болған қарақалпақтың,
Аңқылдап, “айға шапқан” шериң жоқ енди.
Алма жеп, алпыс бий сатылған жерде,
Мәртлер не күлпетке шатылған жерде,
Ең соңғы жолбарыс атылған жерде,
Жасыл тоғай, жапсар төриң жоқ енди.
Жер шарын айналса тыныш дөңгелек,
Бизге керек емес қурал-зеңбирек,
Қай заманда да батыр аңқаў, ер гөдек,
Айбатлы Алакөз ериң жоқ енди.
Жарлы болсаңдағы арлы болмасаң,
Шүкирлик етип өз-өзиңди алдасаң,
Өзлигиңди өзиң аңлай алмасаң,
Елге қарайтуғын жериң жоқ енди.
Болмаса да ҳешким дүньяға тулға,
Он нәмарт татымас бир батыр улға,
Жолбарыс балалар он еки жылда,
Ал, “ҳәмел” деп арын сатқан көп енди.