07May-2025
Ибрайым Юсупов ҳәм Төлепберген Қайыпбергеновтың дөретиўшилигине арналады.
Ибрайым Юсупов ҳәм Төлепберген Қайыпбергеновтың дөретиўшилигине арналады.
Ўә, шайырлық! Сенсиз саҳра, шөлдеймен,
Булағыңнан ишкен сайын шөллеймен,
Ҳәр сапары түсип кетсе ушқының,
Тамызықтай-жанып болмай, сөнбеймен!

«Шайырлық – мениң руўхый өмирим, машақатлы мийнетим ҳәм мақтанышым!» – өзи ҳаққында сөз етиў менен бир қатарда поэзия жулдызы Ибрайым Юсупов шайырлыққа сондай тәрийп берген еди. «Қарақалпақ әдебиятының қос байтереги» не арналып Мәлимлеме-китапхана орайында, Мойнақ районы 5-санлы улыўма билим бериў мектеби оқыушылары қатнасыуында уллы шайырымыз Ибрайым Юсупов хәм Төлепберген Қайыпбергеновтың 96 жыллығына әдебий кеше өткерилди. Бунда устазлар ҳәм оқыўшы жаслар өз белсендилигин көрсетип, кешемиздиң көркине сән бағышлады. Оқыушыларымыз ҳәр бир қатары алтынға тең қосықларын шеберлик пенен айтып, жанлы ҳаўазда қосықлар атқарып дауам етти.
