05May-2025
Инсан қәдири уллыланған журт
Инсан қәдири уллыланған журт
Соңғы жылларда мəмлекетимизде барлық тараўларда реформалар əмелге асырылмақта. Инсанның мəплери, ҳуқықлары жоқары қəдирият есапланып жəмийетимиздеги бəрше өзгерислер инсан мəплери ушын хызмет етпекте. Мәлимлеме-китапхана орайы тəрепинен «Инсан қəдири уллыланған журт» атамасында иләж өткерилди. Иләжға Мойнақ районы Айрықша жағдайлар бөлими хызметкерлери қатнасты. Қатнасыушылар арасында сорау-жууап ойыны алып барылды. Сораулар китапқа болған қызығыушылықты оятыу мақсетинде шайыр жазыушыларымыздың өмири, дөретиушилигине байланыслы хәм нақыл-мақаллар, логикалық сораулардан ибарат болды.
