02May-2025
“ҚАРА ҮЙ”ДЕН ЖОЛ ТАПТЫҢЫЗ ӘЛЕМГЕ
(Өзбекстан қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық жазыўшысы Төлепберген Қайыпбергеновтың жарқын естелигине)
Халқым мақтанады өзиңиз бенен,
Ҳақыйқат қарылған сөзиңиз бенен,
Жас әўлад келеди изиңиз бенен,
Көш болып қосылып кәрўаныңызға.
Жәҳән мойынлады қәлемиңизди,
Ғәзийнели кеўил әлемиңизди,
Хатқа салған ҳүрмет, сәлемиңизди,
Оқыр, нәзер салып дәўраныңызға.
Сырлас болып, халықтың арзыў – муңына,
Прозаның қун қостыңыз қунына,
Шықтыңыз нәзерлеп бийик шыңына,
Мийраслар қалдырып әўладыңызға.
“Қара үй”ден жол таптыңыз әлемге,
Миллет даңқын нышан етип қәлемге,
Пүткил жәҳән таяр бүгин сәлемге,
Саялы гүжимдей саўлатыңызға.
Раўаж Отарбаев.
07.05.23.