02May-2025
Сырттан келген жаў жеңе алмайды, ишки жаў жаман. Өзиңнен шыққан жаў жаман, — деп халқымыз бийкарға нақыл айтпаған. Қандай қыйын жағдайда да халық, миллет өзлериниң ата мийрас жерин сүйди, оны гүллентиўдиң барлық жолларын иследи, дәўир олардың басына қандай әптадалықтың тасын жаўдырса да, мәртлик пенен көтерди, шыдады. Халықты, миллетти қырып болыў мумкин емес, халықтың өмирин қысқартыў да мүмкин емес. Олар және бой тиклеп, ата мийрас мәканын абаданластырыў жолына түсебереди.
✍️Төлепберген Қайыпбергенов
“Қарақалпақнама” узинди
