10Apr-2025
Амир Темур бабамыздың 689 жыллығына бағышлап, «Амир Тимур-маънавият сохаси хомийси» атамасында китап көргизбе.
| Мәлимлеме-китапхана орайында дунья тарихында жудә үлкен ат қалдыра алған уллы патшамыз, орта әсирлердиң ең танықлы таңқаларлық патшасы, үлкен империя тийкаршысы, Темурийлер әуладының дауамшысы Амир Темур бабамыздың 689 жыллығына бағышлап, «Амир Тимур-маънавият сохаси хомийси» атамасында китап көргизбелер шөлкемлестирилди. Абонемент хәм пайдаланыушыларға хызмет көрсетиу хызмети бас қәнийгеси Б.Қууатбаева Полетехникум оқыушыларына Амир Темур бабамыздың уллы сөзлери хәм китаплары менен таныстып өтти. Бас қәнийге тәрепинен берилген мағлыуматларында мың жыллық тарийхымызға ийе Самарқанд Амир Темур әуладлары тәрепинен қурылғанлығын, Шахрисабз, Самарханд хәм Ташкент қалаларында Амир Темур хәйкеллеры қурылғанлығын, Амир Темур ордени 1996- жылы бериле баслағанлығын, бабамыз қатнасқан урысларында бир мәрте болсада жеңилмегенлигин, Ташкент қаласында Темурийлер тарийхы мәмлекетлик музейи 1996-жылы ашылғанлығы хәм басқада бирқанша мағлыуматларды айтып өтти. Бабамыздың «Темур тузуклари» китабы хаққында, патшалардың турмыс-өмирлери хәм әдеплерин белгилеп берген. Амир Темурдың жети жасынан өмири ақырына шекем сиясий өмири, әскерий журислери, мийраслары баян етилгенлигин тусиндирип берди. | ![]() ![]() |

