07Apr-2025
Шаўдырбай Сейтов
ТАЛАНТ ҲӘМ ТӘҒДИР
Эссе
Мен 1945-жылы Нөкистеги
К.Маркс атындағы мектептиң
биринши қазақ класына барғаннан соңғы жыллары-ақ
уллы Абайдың сөзлерин билдим,
ядлап жүрдим.
Бирақ, данышпанлар айтқан ҳикметли сөзлерди ядлаў басқадағы,
оны өз турмысыңда қолланыў,
мағызын шағып пайдаланыў өз алдына бир даналық екен.
Бир адам өмирден өз орнын излесе – мен изледим,
бир адам өзинен өзин таппай дағдырған болса – сол адам мен,
усының салдарынан бир адам адасқан болса – мен адастым.
1957-жылдың 5-июнинен тап елеге шекем ақшаның татын емес,
полиграфия бояўларының ийисин ийискеп жасайман.
Москва қаласындағы баспа,
полиграфия хызметкерлериниң
пүткилаўқамлық билимин жетилистириў институтындағы
инженерлик – техникалық әдебиятлар редакторларының
алты айлық курсын тезлетилген
программа менен тамамлап
келгеннен соң мениң редакторламаған тараўым қалмады:
физика, философия, тарийх,
қарақалпақ тили, қарақалпақ әдебияты, аўыл хожалық әдебиятлары,
мал шарўашылығы бойынша
әдебиятлар, көркем әдебияттың
барлық жанрлары,
қулласы, бәрин есапласақ,
ирили – усақлы үш жүзден аслам
китап корректураларының
еки – үш мәртебеден ийисин ийискеп қалған екенмен.
Өзимнен жөнли юрист шықпай,
баспаға келген дәслепки
күнимнен-ақ жоқарыдағы аты
көрсетилген тараўлардың бәринен де
өзимди стихиялы түрде болса да
излей бердим, излей бердим,
излей бердим, сонда да
таба
алған емеспен.
Еле де излей беремен,
излей беремен!
“Мен өзим қайсы жанрдың
адамыман?” – усы саўал еле де
мениң алдымда тур, еле де
жуўабын таба алғаным жоқ.
“Шаўдырбай Сейтовтың мийраслары” топламынан
Нөкис
“JETI IQLIM”
2024