28Apr-2025
«Китап-әдил жолдас »
🔶Китап пайдаланыушылар ушын мәлимлеме- китапхана орайында «Китап-әдил жолдас » атамада саяхат шөлкемлестирилди. Соңғы уақытлары елимиздеги китапханлықты рауажландырыу хәм китапты оқыуға шақырыу иләжлары өз нәтийжесин берип, мектеплерден хәм мәхәлле китап пайдаланыушылары саны артып бармақта. Бул болса әлбетте, фондымыздағы хәр түрли жанрдағы әдебиятларымыз, жазыушы шайырларымыздың естеликлерине, мәдениятларымызға деген итибарының айрықша екенлигин билдиреди. 3-санлы мектеп хәм 1-санлы айырым пәнлер тереңлестирилип окылатуғын класлары бар улыума орта билим бериу мектеби оқыушылары китапханамыздың ең көп оқылатуғын китаплары менен таныстырылып, китапхана фондына саяхат шөлкемлестирилди.

