13May-2026
АЛЛАЯР ДОСНАЗАРОВ 130 ЖАСТА
АЛЛАЯР ДОСНАЗАРОВ
130 ЖАСТА
Аллаяр Қораз улы Досназаров 1896 жыл 8-майда Қараөзек районында туўылған. Ол 6 жасына шекем әкесиниң тәрбиясында болған. 7 жасында өз нанын табыўы ушын бир байдың есигинле жалланып, оның падашысы болады. 9 жасында жумыс излеп Шымбай қаласына келип, саўдагер армянның үйинде аспаз, соң жумыскер болып ислейди. 13 жасқа толғанда Хийуа қаласындағы Ярославл пахта тазалаў заводына үскенелерин майлаўшы болып ислейди. Ярославл пахта тазалаў заводында 4 жыл ислеп, усы жерде орыс жумыскери жане сүргин етилген социал-демократлар менен танысып, орыс тилин үйренеди. 17 жасында Төрткүл қаласына келип, жумыскер болып ислейди. 1918-21 жылларда 3 жыл даўамында Туркистан армиясының 3 ҳәм 4 полкында хызмет етти. Буннан басқа 1919-1920 жылларда полк хожалық қадағалаў комисиясының баслығы болып ислеген. 1921-1922- жылларда, Москвадағы Шығыс Халықлары Коммунистлик Университетинде оқыйды. 1922-1924- жылларда, Қоңырат районлық партия комитетиниң жуўаплы хаткери, және де Шымбай угоркомының үгит-нәсият бөлиминиң баслығы. 1924-жыл, Түркистан Компартиясы Амиўдәрья ўәлаятлық қадағалаў комиссиясының баслығы. 1924-жыл, 19-августта, Ташкент қаласында Ф.Я.Калугин басшылығында территориялық комиссиясының қарақалпақ мәселеси бойынша мәжлиси болып өтти. 1924-25-жылы Қарақалпақ Автономиялы ўәлаятын шөлкемлестириў бюросының жуўаплы хаткери болып ислейди. 1930-31-жылларда Башқуртыстанда жуўаплы хызметте ислейди. 1931-35-жылларда Москвадағы “Металлстрой” трести басқарма баслығының орынбасары, соңынан, Металлургия заводының директоры уазыйпасында ислейди. Аллаяр Досназаров 1937 жыл 8-декабрде Ленинград қаласында қайтыс болады.