31Mar-2026
Бүгин Мойнақ районының Порлытау ауылында тууылған, жазыушы Сағындық Ниетуллаевтың (1948-ж 31-мартта) тууылған күни.

Сағындық Ниетуллаев 1948-жыл 31-мартта Мойнақ районының «Модели» ауылына қараслы « Порлытау» аймағында дүньяға келген. Орта билимди табыслы тамамлағаннан соң, 1971- жылы Ташкент қаласындағы Русс тили хәм әдебияты Институтында билим алып, тил хәм көркем сөз сырларын терең меңгерди. Ал 1985- жылы Ташкент мәмлекетлик Университетиниң Юридика факультетин питкерип, хуқық тарауында да жоқары билимге ийе болды (https://moynaqrmko.uz/).
❇️С.Ниетуллаев өзиниӊ терең философиялық мазмундағы поэзиялық шығармалары арқалы кең оқыўшылар қәўимине танылып, халқымыздың сүйикли шайырларыныӊ бирине айланған белгили талант ийеси.
Мийнет жолын қарапайым муғаллимшиликтен баслаған С.Ниетуллаев соӊынан жәмийетлик ҳәм мәмлекетлик хызметлерде де үлкен тәжрийбе топлады. Ол Мойнақ районлық Жаслар комитетиниң баслығы, районлық партия комитетинде инструктор, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кеңесинде аға референт, Орайлық комитетте инструктор, Қанлыкөл районлық партия комитетиниң биринши секретары, Нөкис қалалық партия комитетиниң биринши секретары сыяқлы жуўапкершиликли лаўазымларда ислеў менен бирге, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң баслығы, обкомның биринши секретары, Әдиллик министри, Жоқарғы Кеңес секретары, Салық органларында баслық орынбасары ҳәм кәсиплик аўқамлар бирлеспесиниң баслығы сыяқлы жоқары хызметлерди аброй менен атқарды.
📝С.Ниетуллаев – юридика илимлериниң докторы, профессор, сондай-ақ «Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген юрист» ҳүрметли атағының ийеси. Ол қайсы бир жуўапкерли лаўазымда ислеўине қарамастан, руӯхый дүньясын байытқан дөретиӯшилик жумыслардан қол үзбеди.
📖Сағындық Ниетуллаевтың дөретиӯшилик жолы өткен әсирдиң 70-жылларынан басланып, бүгинги күнге дейин үзликсиз даўам етип келмекте.
📚«Мен саған ашықпан» (1981), 📚«Гүлзар» (1997),
📚«Тәғдир» (2002),
📚«Жақсы тилек» (2004),
📚«Өмир ҳаққында ойлар» (2006),
📚«Елим мениң» (2007),
📚«Усы елдиң перзентимен» (2008),
📚«Қәдириң де, қымбатың да өз елинде» (2009)
атлы поэзиялық топламлары оқыўшылар тәрепинен жыллы қабылланып, әдебият әлеминде өз орнына ийе болды.