28Nov-2025
Адамлардың бир-бири менен қарым-қатнас қуралы бул – тил
#Ана_тили_миллет_таянышы
1989-жылы 1-декабрь қарақалпақ тилине тил бийлиги қабыл етилгенине 36 жыл толды.
Ҳәр бир халықты танытатуғын тийкарғы белгилериниң бири оның тили болады. Адамлардың бир-бири менен қарым-қатнас қуралы бул – тил. Тил – халықтың, миллеттиң ең уллы қәдириятларынан болып есапланады. Ана тил – ағла пазыйлетлер, уллы сезимлерди өзине жәмлеген бийбаҳа байлық. Ол инсанның тәрбиясында, ер жетиўинде улкен орын ийелейди. Өйткени аналарымыз бизге усы тилде ҳәййиў айтады, инсан ушын керек болған билим ҳәм түсиниклер тил жәрдеминде санамызға сиңдириледи, әдеп-икрамлылығымыз, минез-қулқымыз тил арқалы берилген ақыл-нәсиятлар менен қәлиплеседи. Ана тили – әййемги тарийхымыз, бийбаҳа қәдириятларымыз, дин ҳәм исенимимиз, халқымызға тән болған дунья қарасымыз, сезимлеримизди басқышпа-басқыш раўажланыўын көрсететуғын, ата-бабалар мийрасын әўладларға жеткеретуғын айна. Мойнақ районы Мәлимлеме-китапхана орайында Қарақалпақ тили байрамына бағышлап “Ана тили- миллет таянышы” атамасында китап көргизбелер шөлкемлестирилди. Көргизбеде қарақалпақ тилиниң сөзлиги,хәзирги қарақалпақ тили рауажланыуының айырым мәселелери, қарақалпақ тилиниң тусиндирме сөзлиги хәм басқада тил хаққында китаплар қойылды.