10Oct-2025
“Ҳаял қәдири уллыланған елде тынышлық ҳәм абаданлық болады”
“Ҳаял қәдири уллыланған елде тынышлық ҳәм абаданлық болады”
Елимизде ҳаял-қызларымызды қәстерлеп қәдирлеуге үлкен итибар кушли. Ҳаял қәдирин билген журтта тынышлық болады. Ата- бабаларымыз айтып өткениндей “Қыз өссе елдиң көрки, гүл өссе жердиң көрки” деп бекер айтпаған. Келешеги уллы қызларымыз,аналарымыз улыума айтқанда хәр қандай хаял заты елимиздиң, шаңырағымыздың көрки саналады.
🗓 2025-жылдың 9- октябрь куни “Қызлар куни” мүнасебети менен Мәлимлеме-китапхана орайында Полетехникум оқыушы қызларына саяхат шөлкемлестирилди.
📖 Саяхат дауамында оқыушыларымызға китапханамыздағы қызықлы болған китаплар менен таныстырылып барылды. Қызларымызға еледе қызығыу, китапқа тартыу мақсетинде китаплардан қысқаша мағлыуматлар берилип, китапты оқыу усыныс етилди.
