24Sep-2025
Қарақалпақ тағамлары, Ақсаўлақ
Таярланыўы: Бийдай унына азғана май қосылып ийленеди. Ийлеўи қанғаннан кейин астахтада үлкен етип, жуқалап жайылады ҳәм қазанда таплап писириледи. Писип шыққан ақсаўлақ шыйырып оралып, астахта үстинде ени 1см көлеминде кесиледи. Кесилип болынғаннан кейин жайып қойылады.
Бул писип турған аўқатқа гүртик салып отырмастан, сорпаға бир салып алып, дастурханға тарта бериўге болады.
Қаўын ақсаўлақ
Қаўын қайнатылып, табаққа салынады. Үстине ақсаўлақ пенен бирге күйдирилген сарымай ҳәм қатық қуйылады.
Қаўын ақсаўлақты таярлаған: Гүлмира