05Sep-2025
Китап хәм китапқумарлық хәптелиги
Ашық есиклер куни
2-6-сентябрь кунлери мектеп оқыушылары ушын, жаңа билим,жаңа оқыу жылының басланыуы менен Мәлимлеме-китапхана орайында “Ашық есиклер” куни шөлкемлестирилди. Бунда оқыушылар менен биргеликте китап хаққында сәубетлер алып барылды. Биз китап арқалы , елге танымал инсан болатуғынымыз, китап арқылы билимли,ақыллы хәм сөйлеу мәдениятымыз артатуғынлығы хаққында айтылды. Оқыушылар жазғы демалысларында китапқа айрықша көңил бөлген хәм оқыған китапларынан гурриңлер, қосықлар айтып берди хәм де шөлкемлестириген китаплар көргизбеси менен таныстырылды. Көргизбеге 120 атамадағы әдебиятлар қойылды.
