13May-2025
15-май Халықаралық шаңарақ күни мүнәсийбетине
Шаңарақлар татыўлығы ҳәм беккемлигине ерисиў мақсетинде БМШ Бас Ассамблеясы 1993-жыл 20-сентябрьдеги жыйналысында 15-майды ҳәр жылы «Халықаралық шаңарақ күни» ретинде белгилеў ҳаққында қарар қабыл етти. Соннан берли пүткил дүньяда, соның ишинде елимизде де «Халықаралық шаңарақ күни» кең түрде белгиленип келинеди.
Мәлимлеме-китапхана орайында Шаңарақ – жәмийет тиреги, бахыт сарайы! атамасында сәубетлесиу кешеси болып өтти.Бунда Ж. Нурсейтов Дин ислери бойынша комитети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық басқармасының Мойнақ районы қәнийгеси, А. Тлеуов Мойнақ районы Нураний хоры бөлими баслығы хәм Р. Тлеубаев Мойнақ районы Тоқмақ -ата мешитиниң бас имам котиби сәубетлесиу кешемизде,шаңарақ инсанның дүньялық бахытын тәмийинлейтуғын қорған. Шаңарақта мудамы тынышлық ҳәм татыўлық даўам етиўи ушын ерли-зайыплар өзлериниң ўазыйпа ҳәм миннетлерин толық орынлап барыўы кереклигин,шаңарақ мәмлекет ишиндеги киши мәмлекет, жәмийеттиң тийкарғы буўыны есапланады. Жәмийетте шаңарақтың тутқан орны, шаңарақта саламат орталықты жаратыў, ата-анаға болған ҳәрмет-иззет, бала тәрбиясы, жас шаңарақларға туўры жол көрсетиўдей үлгили ислерди әмелге асырса сол шаңарақ жәмийетте оз орнына ийе болатуғынлығын атап өтти.
