05May-2025
Уллы атаққа ийе болған Ибрайым Юсупов ҳәм Төлепберген Қайыпбергенов
🗓Бүгин Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Ибрайым Юсуповтыӊ туўылғанына (1929-2008) 96 жыл толмақта.
Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёев: «Өзбекстан Қаҳарманы деген уллы атаққа ийе болған Ибрайым Юсупов ҳәм Төлепберген Қайыпбергенов сыяқлы белгили шайыр ҳәм жазыўшылардыӊ шығармалары менен танысып, қарақалпақ халқыныӊ үрп-әдет ҳәм қәдириятлары, арзыў-әрманлары, умтылыслары ҳаққында үлкен тәсирлерге ийе болғанман»-деп айтып өткен еди. Әлбетте , бул қарақалпақ әдебиятыныӊ қос байтереги И.Юсупов ҳәм Т.Қайыпбергеновлардыӊ дөретиўшилигине берилген еӊ жоқары баҳалардыӊ бири болып есапланады. Шайыр 1929-жыл 5-майда Шымбай районының Азат аӯылында туӯылған. И.Юсупов ҳәр қыйлы тараӯларда хызмет етиӯине қарамастан дөртетиӯшилик мийнет оның өмир жолының ажыралмас бөлеги болды.Оның туңғыш қосықлар топламы 1955-жылы «Бахыт лирикасы» болып табылады. Соң «Күн шығыс жолаӯшысына» (1959), «Ойлар» (1960), «Жети асырым » (1962), «Ғарры туттағы гүз» (1963), «Дала әрманлары» (1966), «Заман ағымы» (1969), «Кеӯил кеӯилден суӯ ишер» (1971), «Тумарис ҳәм басқапоэмалар» (1974), «Дала орфейи» (1975), «Йош» (1977), Шығармаларының еки томлығы (1978-79), «Дәӯир самаллары» (1982), «Аласатлы дүнья бул» (1987), «Дузлы самаллар»(1988), «Кеӯилдеги кең дүнья»(1989), «Үмит жағысы» (1990), «Таңлаӯлы шығармаларының еки томлығы» (1992), «Беглигиңди бузба сен» (1995), «Бүлбил уясы» (1997), «Өмир саған ашықпан» (1999), «Ҳәр кимниң өз заманы бар» (2006) атлы қосықлар ҳәм поэмалары қарақалпақ поэзиясын байытты. Оның дөретпелери көп ғана халықлар тиллерине аӯдарылды.📌И.Юсуповтың қарақалпақ әдебияты ҳәм мәдениятына ислеген уллы хызметлери ушын оған «Қарақалпақстанға мийнети синген мәденият хызметкери», «Қарақалпақстан халық шайыры», «Өзбекстан халық шайыры», «Бердақ» атындағы сыйлықтың лауреаты, «Ҳ.Әлимжан» атындағы сыйлықтың лауреаты, «Дослық» ордени (1994), «Эл-юрт ҳурмати» ордени (1999), 2004-жылы «Өзбекстан Қаҳарманы» деген ҳүрметли атақлары берилди. Китапханамызда бул дөретиўши инсанларға арналған китап көргизбелер шөлкемлестирилген болып, онда олардың поэзиялары сәулелендирилген.
