22Apr-2025
Дөретиуши нураний апамыз Зульфия Турдымуратова менен ” Шығармашылық- қурамалы дүнья” атамада ушырасыу кешеси
Дөретиуши нураний апамыз Зульфия Турдымуратова менен ” Шығармашылық- қурамалы дүнья” атамада ушырасыу кешеси
21-апрель Мәлимлеме- китапхана орайы тәрепинен китапханлық хәптеликтиң биринши күнинде 4- санлы мектеп оқыушылары хәм Политехникум оқыушылары қатнасыуында, Өзбекстан хәм Қарақалпақстан билимлендириу ағласы, екинши дәрежели « Соғлом авлод учун» ордени сыйлығы ийеси, әдиули Устаз, муғаллим, дөретиуши нураний апамыз Зульфия Турдымуратова менен ” Шығармашылық- қурамалы дүнья” атамада ушырасыу кешеси болып өтти. Дөретиуши апамыз өзиниң кишкентайынан қосық жазғанлығы және де устазлық уақтында кешкен қызықлы дәуирлеринен айтып берди. Хәзирги уақытқа шекем оқыған бир қанша китапларын оқыушыларға оқыуды мәсләхәт етти.Жасларды тәрбиялап атырған сиздей Устаз бенен ушырасып отырғанымызға, шығармашылығыңыз бенен танысып, сиздей тулғалар менен араласқан сайын жаслардың китап оқыу мәденияты руухы артады деди 4-санлы мектеп китапханашысы Ф. Қарабекова. Кеше дауамында оқыушылар устазымызға өзлерине қызықтырған сорауларға жууаплар алды. Ушырасыу жүдә мазмунлы болды.
![]() |
![]() |
![]() |


