10Apr-2025
Елдиң күши бирликте, қәдири тынышлықта
Бүгин 9-апрел күни Мәлимлеме-китапхана орайында Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилген күнине 32 жыллығына арналған «Елдиң күши бирликте, қәдири тынышлықта » атлы сәубетлесиу кешеси болып өтти. Онда Мәлимлеме- китапхана орайы қәнигеси Қ. Ешбағамбетова жыйналғанларды Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы қабыл етилген күн мүнәсибети менен қутлықлады. Атап өтилгениндей, сәубетлесиу кешеси тийкарында «Елдиң күши бирликте, қәдири тынышлықта» деген тийкарғы идея астында белгиленбекте. Баслы Нызамымыз тийкарында халқымыз елимиздиң раўажланыўы жолында хызмет етиў менен бирге, бахытлы ҳәм абадан келешекке беккем исеним менен қәдем қоймақта. Бас Нызамымыз болған Конституциямыз жаратып берген имканиятлар тийкарында халқымыз ертеңги абадан турмыс жолында бир қатар табысларға, экономикамыздың барлық тараўларында унамлы нәтийжелерге ериспекте. Бүгинги өткерилген кешемизде мине усындай халқымыз ийгилиги жолында әмелге асырылып атырған жумыслар кең түрде атап өтилди. Сәубетлесиу кешемизде китап пайдаланыушыларымыз арасында Конституциямызға бағышлап сорау -жууаплар өткерилип, нызам хәм қараларымызды қайталап еске түсирилип барылды.
