29May-2025
ТӨЛЕПБЕРГЕН МӘТМУРАТОВ
(1939-1984)
📚📚📚
🔖🔖🔖 ХХ әсир қарақалпақ әдебиятының көрнекли ўәкиллеринен бири Төлепберген Мәтмуратов, ҳақыйқатында да, әпиўайы, бирақ үлкен адамгершилик қәсийетлери менен де, жоқары адамгершиликти, ар-ҳүждан, жақсылықты, сап муҳаббатты жырлайтуғын жыллы лиризмге толы, нәзик сезимтал поэзиясы менен де тирилигинде өзине мәңгилик естелик қалдырып кеткен шын мәнисиндеги әдебий тулға, ҳақыйқый талант ийеси болды.Т.Мәтмуратов 1939-жылы Қараөзек районында дийқан шаңарағында туўылды. Жаслайынан ата-анасынан жетим қалып, балалар үйинде тәрбияланды. Т.Мәтмуратовтың шайырлыққа, улыўма көркем дөретиўшиликке болған ықласы усы балалар үйинде тәрбияланып, оқыўшы болып оқып жүрген жылларында-ақ пайда болды. Мектепти питкериўден шайырлық жолды таңлап алғысы келип, Ташкент мәмлекетлик университетиниң журналистика факультетине тапсырмақшы болды. Оның журналист, шайырлар таярлайтуғын оқыў орнының студенти болсам, деген бул әрманы 1958-жылы иске асты. Студентлик жылларында Т.Мәтмуратов жақсы әдебий орталыққа араласып, өзиниң курсласлары болған, соң өзбек ҳәм қарақалпақ әдебиятының белгили ўәкиллери болып жетилискен талантлы жазыўшы-шайырлар, журналистлер А.Арипов, Ш.Халмурзаев, К.Мәмбетов, С.Садықовлар менен жақын дөретиўшилик байланыста болды. Т.Мәтмуратов университетти питкерген 1963-жылда шайыр сыпатында әдеўир ысылып қалған еди. Көп узамай оқыўшы журтшылығы оның дәслепки шайырлық саўғасы «Ақ терек пе, көк терек» (1964) пенен танысты. Шайыр, мине усы 60-жыллардың орталарынан басланған шайыршылық өнерин 70-жылларда әдеўир жетилистирди. Ол республикалық газеталарда, мәмлекетлик радиоеситтириў ҳәм телекөрсетиў комитетинде, соң «Әмиўдәрья» журналында әдебий хызметкер, бөлим баслығы, жуўаплы хаткер, бас редактордың орынбасары болып ислеген жылларында өз мийнет лаўазымларын қандай минсиз атқарған болса, өмириниң ақырына шекем лирикаға, поэзияға садық қалды, көп ғана қосықлар, поэмалар жазды, аўдармалар иследи. Шайыр қысқа өмириниң ишинде «Ақ терек пе, көк терек» (1964), «Лирика» (1966), «Гөззаллық оянды» (1970), «Айсәнем» (1973), «Ашылысыў» (1977), «Арзыў шәмени» (1981), «Жақсылық сарайы» (1986), «Жулдызлар жанар» (1989) қосықлар ҳәм поэмалар топламларын мийрас етип қалдырды.☘️Оның рус тилинде де еки (1984, 1988) поэзиялық топламы басылып шықты. Ол Гётениң «Фауст» трагедиясын қарақалпақ тилине аўдарды. 1969-жылдан Жазыўшылар аўқамы ағзасы. Қарақалпақстан жаслар аўқамы сыйлығы лауреаты🎖Т.Мәтмуратов 1986-жылы «Арзыў шәмени» поэтикалық топламы ҳәм «Жақсы адамның жүреги» поэмасы ушын Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты болды. «Өзбекстанға мийнети сиңген мәденият хызметкери» деген атақларға ийе болады .